KELESHEK Akademiyası
+998 (90) 420-0-420
KELESHEK Akademiyası
Бизиң мақсетимиз - балаларға ҳәм жасларға робототехника, бағдарламалаў, компьютер графикасы, SMM ҳәм басқа да компьютер илимлериниң сырларын үйретип, заманагөй кәсиплерге таярлаў. Усылар арқалы елимиз IT-тараўын еле де раўажландырыў.

Курсларымызда тек ғана техник билимлер берилип қойылмастан, оқыўшыларымыздың дөретиўшилик, командада ислесиў, өз мақсетлерине ерисиў көнликпелерин раўажландырыўға да айрықша итибар бериледи. Соның менен бир қатарда балалар ушын зеригерли болған теориялардың орнына, курсларымыз жарыс ҳәм ойын көринисинде алып барылады.

Менторларымыз командасы көп жыллық тәжирийбеге, жоқары билим дәрежесине ҳәм педогогик қәбилийетке ийе жаслардан ибарат.

SCRATCH бойынша олимпиада
KELESHEK Akademiyası-нда усы жылдың 1-май күни SCRATCH программаластырыў тили бойынша олимпиада болып өтеди.

Scratch – бул мектеп жасындағы балаларға программаластырыўды үйретиўге арналған визуал бағдарламалаў платформасы болып, Lego конструкторы принципинде ислейди. Scratch-ты "программаластырыў дүньясы"ның есиги десек те болады. Ал, Scratch бойынша олимпиаданы өткизиўден мақсетимиз – елимиздеги талантлы балаларды - келешектеги программистлерди қоллап-қуўатлаў болып табылады.

Олимпиадада 7 жастан 16 жасқа шекемги балалар қатнасыўы мүмкин. Регистрациядан өтиў ушын бизиң Facebook ямаса Instagram тармақларындағы профилимизге жазылыўыңыз ҳәм сол профилимиздеги усы олимпиада ҳаққындағы постымызды 29-апрельге дейин "репост" қылыўыңыз керек болады. Кейин, биз сиз бенен байланысамыз.

Олимпиадада балалар берилген шәртлер бойынша проектлер ислеп шығыўы лазым болады.

Жеңимпазларды сыйлы саўғалар күтпекте.
КУРСЛАРЫМЫЗ
Балалар ушын 3D-моделлестириў
3D-моделлестириў - бул компьютерде объектлердиң 3 өлшемли моделин жаратыў процесси. Курсымызда балалардың ақлый раўажланыўына жәрдем беретуғын математика, геометрия ҳәм дизайн тараўларынан билимлер бериледи.

Курсымызда перзентиңиз ҳәр түрли объектлердиң, ҳайўанлардың, транспорт қуралларының, ҳәмде өзиниң идея ҳәм фантазиясы менен басқа да предметлердиң 3D-моделлерин жаратып үйренеди.

3D-дизайнер, төменде көрсетилген тараўларда жоқары дәраматлы қәнийге есапланады:

  • ойын индустриясы ҳәм IT;
  • кино, анимация ҳәм шоу-бизнес;
  • архитектура ҳәм интерьер;
  • реклама ҳәм дизайн;
  • робототехника.
Жас

8-13 жас
Даўамлығы

3 ай
Тил

  • қарақалпақ
  • рус
Баҳасы

190 000 сўм
ЖАҢА ТОПАРҒА ҚАБЫЛЛАЎ БАСЛАНДЫ!!!
КОМПЬЮТЕР САЎАТХАНЛЫҒЫ
  • Нольден баслап үйретемиз.
  • Ҳәм қурылмалар, ҳәм программалар үйретиледи.
  • WINDOWS операцион системасы ҳәм программалары.
  • MS Office: Word, Excel, PowerPoint программалары.
  • Интернетте ислеў.
  • Курс 2 ай.
  • 6 модульден ибарат.
  • Ҳәптесине 3 мәрте.
  • Ноутбук бериледи.

Курсымызды тамамлағаныңыздан кейин, Сиз компьютерде документлер менен ҳәм Интернетте қыйналмастан ислей алатуғын боласыз.

Питкериўшилеримизге 2 жыл даўамында жумыс барысында шыққан машқалаларын шешиўде жәрдемши боламыз.
Жас

7-70 жас
Даўамлығы

  • 2 ай
  • 6 модуль
Тил

  • қарақалпақ
  • рус
Баҳасы

190 000 сўм
ЖАҢА ТОПАРҒА ҚАБЫЛЛАЎ БАСЛАНДЫ!!!
РОБОТОТЕХНИКА LEGO WEDO 2.0
Lego WeDo робототехника тийкарларын үйретиўге арналған LEGO комплексиниң ең жас ағзасы болып табылады. Курс балаларға билим дәрежесин жақсылаўға ҳәм техникалық машқалаларды шешиўди үйрениўге жәрдем береди.

Курс даўамында балалар ҳәр түрли роботлар жаратады ҳәм олардың ҳәрекет етиў логикасын программаластырады. Программаларды жаратыў инструменти жүдә әпиўайы болып, бала ушын қыйыншылық туўдырмайды. Бул методология балаларға робототехниканы үйрениўди баслаў ушын қолайлы болғанлығы ушын, келешек кәсиплерин үйрениўге тийкар болып хызмет етеди.
Жас

7-10 жас
Даўамлығы

  • Start модули - 3 ай
  • Pro модули - 3 ай
Тил

  • қарақалпақ
  • рус
Баҳасы

190 000 сўм
ЖАҢА ТОПАРҒА ҚАБЫЛЛАЎ БАСЛАНДЫ!!!
SCRATCH БАҒДАРЛАМАЛАЎ ТИЛИ
Scratch – бул мектеп жасындағы балаларға программаластырыўды үйретиўге арналған визуал бағдарламалаў платформасы болып, Lego конструкторы принципинде ислейди.

Scratch-те бала өз бетинше ойынлар ҳәм интерактив анимацияларды жаратып, өз интеллектуал мийнети нәтийжесин дәрҳал көриў имканиятына ийе болады.

Бунда баланың дөретиўшилик, системалы пикирлеў қәбилийети раўажланады ҳәм проектлери үстинде команда менен биргеликте ислеп үйренеди. Соның менен бирге программаластырыўдың тийкарғы принциплерин өзлестирип, терминология менен танысады. Нәтийжеде балада IT-тараўында беккем тийкар жаратылады.
Жас

7-15 жас
Даўамлығы

  • Start модули - 3 ай
  • Pro модули - 1 ай
Тил

  • қарақалпақ
  • рус
Баҳасы

190 000 сўм
ЖАҢА ТОПАРҒА ҚАБЫЛЛАЎ БАСЛАНДЫ!!!
ARDUINO КУРСЛАРЫ
Arduino - бул өз процессорына ҳәм мағлыўматларды сақлаў қурылмасына ийе болған киши электрон плата. Arduino курслары электроника ҳәм робототехника қызығыўшылары ушын өз бетинше роботларды жаратыўды, лампочкалар, сенсорлар, кнопкалар, моторлар, ақыллы үй қурылмалары ҳәм басқа да электр энергиясы менен ислейтуғын затларды үйрениў ушын таптырмас имканият болып табылады.

Курс даўамында усы қурылмаларды берилген алгоритмге муўапық басқаратуғын программаны Arduino микроконтроллерине жүклейсиз. Солай етип, сиз өз идеяңыз бойынша әжайып ақыллы қурылмаларды өзиңиз жаратасыз. Платформа менен танысасыз, ҳәр түрли электрон қурылмаларды сынап көресиз, және де программа коды синтаксиси ҳәм логикалық дүзилисин үйренесиз.

Нәтийжеде роботлар ҳәм басқа да ақыллы қурылмаларды проектлестириў, прототипин жаратыў, программаластырыў көнликпелерине ийе боласыз.
Жас

10 жастан жоқары
Даўамлығы

  • Start модули - 3 ай
  • IoT модули - 3 ай
Тил

  • қарақалпақ
  • рус
Баҳасы

290 000 сўм
ЖАҢА ТОПАРҒА ҚАБЫЛЛАЎ БАСЛАНДЫ!!!
Курсларымыз абзаллықлары
Инновациялық методология
Заманагөй жоқары технологияларға тийкарланған. Оқыў программасы ҳәм материаллары үзликсиз жаңалап барылады.
Топарлар 10-12 қатнасыўшылардан ибарат
Киши топарларда үйрениў өнимдарлығы жоқары болады. Менторлардың ҳәр бир қатнасыўшы менен ислеў имканияты асады.
Жеке мүнәсибет
Сабақлар ҳәр бир қатнасыўшының күшли ҳәм әззи тәреплери есапқа алынған ҳалда өтиледи.
Өз бетинше ислеў
Ҳәр бир сабақта қатнасыўшыға өз бетинше ислеў ушын тапсырмалар берип барылады.
Ата-аналар
Егер ата-ана қызықса, сабақларға қатнасыўға рухсат бериледи. Бирақ, бақлаўшы сыпатында емес, басқалар менен теңдей қатнасыў талап етиледи.
Масласыўшаң система
Қатнасыўшыға қәлеген ўақытта бир курстан басқа курсқа өтип кетиў имканияты бериледи.
КӨП БЕРИЛЕТУҒЫН СОРАЎЛАР
Айдана
Курсларға қатнасыў ушын компьютер ҳәм робототехника қурылмаларын өзлеримиз апарыўымыз керек пе?
KELESHEK Akademiyası
Академиямызда курс қатнасыўшыларына ноутбук ҳәм робототехника қурылмаларын өзлеримиз беремиз.
Камал
Бир шаңарақтан еки қатнасыўшы болса, қандай шегирме бар?
KELESHEK Akademiyası
Бир шаңарақтан еки қатнасыўшы болса, екинши қатнасыўшыға 50% шегирме бериледи.
Бийбиназ
Курсларға қалай жазыламыз?
KELESHEK Akademiyası
Курсларымызға +998 (90) 420-0-420 телефон номери ямаса усы сайт арқалы жазылыўыңыз мүмкин
Данияр
Сертификат бериле ме?
KELESHEK Akademiyası
Курсымызды табыслы тамамлағанларға сертификат бериледи.
Контактларымыз
Телефон: +998 (90) 420-0-420
Электрон почта: hello@keleshek.uz
Мәнзилимиз
Нөкис қаласы, Қарақалпақстан көшеси, 23-жай
Ташкент мийманханасы жанындағы Жаслар Орайы имаратында жайласқанбыз

© Барлық ҳуқықлар қорғалған
hello@keleshek.uz
This site was made on Tilda — a website builder that helps to create a website without any code
Create a website